Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти
Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти
2024
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик тилимизге болған ҳүрмет – бул көп миллетли халқымыздың руўхый дүньясын және де байытыўға, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаўға ҳәмде оларды улуғлаўға деген ғамхорлықтың көриниси саналады.
Соңғы жыллары елимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырай-мәртебесин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, бул бағдарда ана тилимизди терең үйрениў, оны илимий тийкарларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў илажларының жаңа басқышларға көтерилгени – бул елимизде мәмлекетлик тилге болған айрықша итибардың көриниси саналады.
Сондай-ақ, бул бағдарда энциклопедия ҳəм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер де əмелге асырылмақта.
Əлбетте, бул өз гезегинде мәмлекетлик тилимиздиң халықаралық майдандағы абырайын жәнеде арттырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Соны умытпаўымыз тийис, мәмлекетлик тилдиң таза сақланыўы – бул елимиздиң раўажланыўын ҳәмде халқымыздың келешегин белгилейди.
Ол өсип киятырған жасларды ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Байрам мүнәсибети менен Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары тийкарында бир топар өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғәллимлери Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети