Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти
Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти
1321
Бүгин Қанлыкөл районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевтың Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.
Бүгинги күнде жаңа жумыс орынларына болған талап артып бармақта. Пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, халкымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың әҳмийети айрықша.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосықлар, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.
Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети