Мектепке шекемги жастағы балалар арасында IV веломарафон жарысы өткерилди
Мектепке шекемги жастағы балалар арасында IV веломарафон жарысы өткерилди
1768
Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (Манеж) мектепке шекемги жастағы балалар арасында өткерилип атырған IV веломарафон жарысының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Илажда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары – Мектепке шекемги билимлендириў агентлиги директоры Шин Агриппина қатнасты. Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында дене-тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып, кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул веломарафон жарысы үш жылдан берли дәстүрий түрде өткерилип атырған болып, бүгинги жарыста Нөкис қаласындағы 20 балалар бақшасынан 6 жастағы жәми 120 бала қамтып алынды. Өткерилген жарыста мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары болған балалар жоқары қызығыўшылық пенен қатнасты. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар сыйлықланып, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Сондай-ақ, веломарафон шеңберинде бақша балалары атқарыўындағы аяқ ойынлары жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети