Жоқарғы Кеңес Баслығы «ACWA Power» компаниясы ўәкиллери менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы «ACWA Power» компаниясы ўәкиллери менен ушырасты
1258
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясының Өзбекстандағы басшысы Жон Заиди менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша айрықша итибары, бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ушырасыўда «ACWA Power» компаниясы тәрепинен республикамыздағы Үстирт тегислигинде қурылысы басланыўы алдында турған самал электр станциясы жойбарын әмелге асырыў, бул бағдарда компания жумысларын алып барыўды қоллап-қуўатлаў, қурылыс жумысларының басланыўы ҳәм жедел пәтте алып барылыўын тәмийинлеў сондай-ақ, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, республикамыз аймағы самал электр станцияларын қурыў ушын қолайлы орынлардың бири есапланып, Үстирт тегислиги үлкен мүмкиншилик дереги сыпатында хызмет етеди. Қуяшлы елимиздиң бул әжайып дияры станция ушын ең керекли мүмкиншилик есапланған дерлик тоқтамайтуғын самалы менен ажыралып турады.
Өткерилген ушырасыўда самал электр станциясын қурыў ушын Қарақалпақстанның қолайлықлары, алдағы ўақытта бул тараўды раўажландырыў илажлары, бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм кеңейтиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳаққында кең түрде пикирлесилди.
Ушырасыў соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр қандай инвестор республика басшылары тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынлығын ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириўге қаратылған илажларға барлық мүмкиншиликлер жаратып берилетуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети