Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
1551
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын ҳәм ветеранларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлери барқулла қәдирленеди ҳәм айрықша ҳүрметленеди.
Айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў, тараўды инсаныйлық ҳәм халықшыл системаға айландырыў, ашық-айдынлық орталығын күшейтиў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мəселелерине мəмлекетлик дəрежеде итибар қаратылмақта.
Тараў хызметкерлери өз ўазыйпасын минсиз атқарыў жолында, халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы көплеген бағдарлар бойынша ийгиликли жумыслар алып барып атыр.
Болып өткен байрам салтанатында усындай жуўапкершиликли ўазыйпаларды атқарып киятырған бир қатар тараў ўәкиллери ҳәм ветеранлар Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары тийкарында көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети