МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТИ БАСШЫЛАРЫ ҲӘМ БЛОГЕРЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ
2372
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қала ҳәм район ҳәкимликлери, министрлик, комитет ҳәм басқармалардың мәлимлеме хызмети басшылары ҳәм блогерлер менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз раўажланыўдың жаңа басқышларына көтерилип, жәриялылық, ашықлық, сөз ҳәм пикир еркинлиги турмысымыздың тийкарғы өлшемине айланып атырған соңғы жылларда елимизде ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылып, тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, миллий медиа орталықта ғалаба хабар қуралларының еркин түрде жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Ҳақыйқатында да, ғалаба хабар қуралларының жумысына толық еркинлик берилип, баспасөз, интернет сайтлары, телевидение ҳәм радиоларда аналитикалық ҳәм сын материаллар кең орын алмақта. ҒҲҚда инсанларды ойландырып атырған мәселелер, шешилмей атырған машқалалар көтерилип атырғаны қуўанышлы жағдай, әлбетте. Бул тенденция реформаларымыздың нәтийжесин арттырыўға, жәмийетлик қадағалаўды, пуқараларымыздың жәмийетлик белсендилигин күшейтиўге хызмет етпекте.
Сонын менен бир қатарда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июньдағы «Ғалаба хабар қуралларының бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар және шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысларын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында мәмлекетлик басқарыў уйымларында мәлимлеме хызмети шөлкемлестирилип, жумыс алып барып атыр.
Бул өз гезегинде, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында сапалы пикирлесиўди жолға қойыў, халыққа реформалардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм нәтийжелери ҳаққында оператив, қалыс, толық исенимли мәлимлеме жеткериў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, сондай-ақ, олардың жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиў байланысларын ҳәм мәлимлеме хызметлери жумысының нәтийжелилигин түп-тийкарынан жақсылаўға хызмет етпекте.
Ҳүрметли Президентимиз 2019-жылы Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында мәлимлеме орталығындағы ҳәр қыйлы пикир-таласлар, ең алды менен, ҳақыйқатлық ҳәм қалыслық принциплерине тийкарланыўы, нызам ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары шеңберинде болыўы, жеке ғәрез ҳәм өш алыўға, жалған абырай арттырыў усылына айланып кетпеўи, инсан шахсы ҳәм мәртебесин аяқ асты етиўден аўлақ болыўы, бундай унамсыз жағдайларға бизиң медиа орталығымызда улыўма орын болмаўы кереклигин айрықша атап өткен еди.
Тилекке қарсы, ғалаба хабар қураллары тараўында ҳақыйқый пидайы, жанкүйер кәсиплеслеримиз, жасларымыз бенен бир қатарда сөз еркинлиги – бул ең алды менен жуўапкершилик екенлигин умытып қойып, сын пикир деген сылтаў менен анық фактлерге тийкарланбаған, ҳәр түрли жоллар менен жәмийетте тек унамсыз пикирди оятатуғын, халықты мәмлекетлик сиясатқа қарсы бағдарлайтуғын ҳәр түрли өсек, жала материаллар жәрияланып атырған жағдайлар да ушырасып атыр.
Сонлықтан да ушырасыўда мәлимлеме хызмети басшылары менен ҒХҚ журналистлери ҳәм блогерлер арасындағы информация алмасыў байланысларын беккемлеў, анық фактлерге сүйениў, журналистлик этиканы сақлаў, мәлимлеме алыў ҳәм оны кең жәмийетшиликке жеткерип бериўде бир тәреплемеликтиң алдын алыў сыяқлы мәселелер тийкарғы дыққат-итибарда болды.
Ушырасыўда мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлимлеме хызметлери менен ғалаба хабар қуралларының бирге ислесиўиндеги машқалалар ҳәр тәреплеме додаланды ҳәм бул бойынша пикир-усыныслар билдирилди.






Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети