Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районындағы бир қатар социаллық объектлерди барып көрди
984
Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районы аймағында гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди. Атап айтқанда 2-санлы улыўма билим бериў мектеби, 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәмде районлық Медицина бирлеспелери, “Аспантай” АПЖ да жайласқан 11-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм аўыллық шаңарақ шыпакерлик пункитинде болып гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларының сапасы, жылытыў үскенелериниң талап дәрежесинде екенлигин көрип шықты. Сондай-ақ мектеп оқыўшыларының билим алыў барысы менен жақыннан танысты. Буннан соң Медицина бирлеспелеринде емленип атырған наўқаслардан хабар алып, дәри-дармақлар менен байланыслы мәселелер бойынша сәўбетлести.
Сондай-ақ “Аспантай” АПЖ аймағында “Жасыл мәкан” акциясы шеңберинде жаңадан жаратылып атырған “Жаслар бағы”на терек ҳәм мийўе нәллерин егиў иләжына қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары тийкарында Бозатаў районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың үй-жайларының төбесин шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар Жоқарғы Кеңес Баслығының итибарынан шетте қалмады. Турақ-жайларды оңлаў, жарамсызларын қайта қурып бериў жумысларын барып көрди ҳәм пуқаралардың ҳал-жағдайларынан хабар алды. Жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай қысқа мүддетте сапалы етип жуўмақлаў бойынша район басшыларына анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети