Қарақалпақстан хабар агентлиги
Қарақалпақстанлы исбилермен Ашхабадтағы форумда қатнаспақта
1072
Түркменстан Республикасының Ашхабад қаласында «Орайлық Азия – Корея Республикасы» 16-шериклик форумы болып өтпекте.
Форумда Қарақалпақстан Республикасынан жас исбилермен, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының белсенди ағзасы “XOJELI UN MAXSULOTLARI” ЖШЖ директоры Ҳусниддин Каримов өзиниң жаңа жойбарлары менен қатнасып атыр.
– Илаж шеңберинде миллий өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилген болып, онда республикамызда жумыс ислеп атырған энергетика, азық-аўқат, қурылыс өнимлери, тоқымашылық, логистика, қусшылық ҳәм басқа да тараў ўәкиллери қатнаспақта,-дейди Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.
Буннан тысқары, Түркменстан Саўда-санаат Палатасында «Орайлық Азия – Корея Республикасы» исбилерменлер кеңесиниң 4-мәжилиси болып өтти.
Гибрид форматында шөлкемлестирилген бул ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасынан мәмлекетлик ҳәм жеке сектор ўәкиллери қатнасты.
Илажда қатнасыўшылар Исбилерменлер кеңесиниң 2023-жылдағы есабатын тыңлады ҳәм оның 2024-жылға мөлшерленген жумысларын жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.