Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы медицина бирлеспелери баслықлары менен ушырасты
1189
Президентимиздиң басшылығында халықтыӊ денсаўлығын беккемлеўге, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиўге, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўге, тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем көрсетиў мәкемелериниӊ жумысларын түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Жəне бир əҳмийетли тəрепи сонда, Аралбойы халқының саламатлығы ҳәмийше Ҳүрметли Президентимиздиң дыққат-итибарында ҳәм айрықша ғамхорлығында болып келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер әтирапында пикирлесиў, сондай-ақ, орынлардағы медициналық бирлеспелер басшыларының пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағындағы бас шыпакерлер менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқталды.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен илгери сүрилген көплеген идеялар бүгин турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстандағы Онкология ҳәм радиология орайының филиалы ушын жаңа имарат қурыў ҳәм ең заманагөй үскенелер менен толық тәмийинлеў, оның аймағында наўқаслардың жақынлары ушын ўақтынша жасаў жатақханасын қурыў, келеси жылдан Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларында 200 процент муғдарында айлық үстеме төлеўди жолға қойыў, сондай-ақ, Қарақалпақстандағы алыс ҳәм шетки аўылларда жумыс ислеп атырған барлық маман медицина хызметкерлерине 5 миллион сумға шекем өз алдына үстеме бериў, тек ғана Қарақалпақстан ушын, халықтың стационарда емлениў қәрежетлерин дәрамат салығынан азат етиў, социаллық реестрге кирген халық ордер тийкарында Ташкент қаласында ямаса басқа да ўәлаятқа емлениўге келгенинде оларға авиа ҳәм темир жол қәрежетлерин толық қаплап бериў, қарақалпақстанлы балаларға жоқары технологиялы операциялар ушын қәўендерлик еткен исбилерменлердиң бул қәрежетлери салық өндириў базасынан шегирип таслаў сыяқлы имканиятлар жаратылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 7-июль күни Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген арнаўлы Қарар денсаўлықты сақлаў тараўын және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Қарар тийкарында республикамызда медициналық жәрдем кѳрсетиўди шѳлкемлестириўди жетилистириў, халықтың арасында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кадрлар потенциалын және де арттырыў бағдарында бир қатар илажлар алып барылмақта.
Өткерилген ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети