1332
Буннан кейин Татарстан Республикасы делегациясы бүгинги күнде бос турған ески Аймақлық пахта терминалы менен Агротехника кәрханасын барып көрди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм Татарстан Республикасы басшысы бул еки орында жаңа кәрханаларды иске қосыў арқалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, экспорт көлемин арттырыў, жаӊа өнимлер экспортын жолға қойыў ҳәм жаӊа базарларға кирип барыў бағдарында бир қанша тараўларды раўажландырыў бойынша келисип алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети