1593
Ҳәр бир миллеттиң өзиниң миллийлиги болғанындай Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов Қарақалпақ халқының миллийлиги, үрип-әдетлери менен қызықты. Нөкис қаласында шөлкемлестирилген қарақалпақ миллий аўылы кейинги мәнзил болды. Мийманлар бул жерде қарақалпақ халқының миллийлиги, йошлы қосықлары, қол өнерлери менен танысты. Ошақта писирилген баўырсақ, қуўырылған балық, сүзбе, жүўери гүртик сияқлы миллий тағамлар Татарстан Республикасы басшысы менен делегация ағзаларында жоқары кейпият оятты.

