1103
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Татарстан Республикасы арасында көп тармақлы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша сөйлесиў болып өтти.
Онда Қарақалпақстанның бар болған мүмкиншиликлеринен пайдаланып жаңа ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў кәрханалары жумысларын жолға қойыў, жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи нәтийжесинде жумыс орынларын жаратыў мәселелери талқыланды. Соның менен бирге билимлендириў, тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы өнимлери айланысын күшейтиў, саўда-экономика, экспорт ҳәм импорт салаларында узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Татарстан басшысы сапар даўымында Қарақалпақстанда бир қанша жойбарларды әмелге асырыў мүмкин екенлигине исеними кәмил болғанын ҳәм алдағы бирге ислесиўлерге таяр екенлигин билдирди.
Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамызға келгени ушын Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов ҳәм делегация ағзаларына өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети