Италия Президенти «Жаңа Өзбекстан» паркине барды
1057
Рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла 10-ноябрь күни Өзбекстанның Бас министри Абдулла Ариповтың басшылығында «Жаңа Өзбекстан» паркине барды.
Бул жерде жоқары мәртебели мийман Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монуметке итибар қаратқан инсан мине усы мақтанышлы өтмиштиң көркем көринисине гүўа болады. Мийманға комплексте сәўлелендирилген, мине, усы тарийх, оның мазмуны ҳаққында айтып берилди.
Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының мәмлекетимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрине айланған.
Делегация ағзалары комплексте сәўлеленлирилген алымлар, уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, жәдид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Қумай қусы сүўрети комплекстиң мисли гүлтажындай көриниси сәўлелендирилди.
Ана Ўатан, мәрт, мийнеткеш ҳәм қаҳарман халқымызға қойылған бул комплекс бәрқулла адамлар менен толы.