Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
2138
Байрам салтанатына Өзбекстан Республикасы Мәденият министри, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық артисти, Озодбек Назарбеков ҳәм елимиз сүйген сөз устасы Валижон Шамшиевлер қатнасты. Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Өткен қысқа дәўир ишинде Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм Қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды, тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, ең шетки аймақлардағы медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.
Бир ғана мысал, Ҳүрметли Президентимиздиң “Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды және де күшейтиў ҳаққында”ғы арнаўлы Қарары тийкарында Нөкис қаласында 20 орынлы хирургия бөлими ҳәмде аўыр наўқаслар ушын 20 орынлы паллиатив жәрдем көрсетиў бөлими шөлкемлестирилди, шетки аймақларда жайласқан 6 районда кардиолог, онколог, уролог ҳәм невролог шыпакерлери штатлары көбейтилди. Буннан тысқары, Нөкис қаласында 120 орынлық Балалар медицина реабилитация орайын ашыў, барлық қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелерин 11 млн. 287 мың долларлық 90 түрдеги, перинитал ҳәм туўыў бөлимлерин 1,1 млн. долларлық 36 түрдеги заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Соны да атап өтиўимиз тийис, Қарақалпақстандағы Онкология ҳәм радиология орайының филиалы ушын жаңа имарат қурыў ҳәм ең заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, оның аймағында наўқаслардың жақынлары ушын ўақтынша жасаў жатақханасын қурыў, келеси жылдан Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларында 200 процент муғдарында айлық үстеме төлеўди жолға қойыў, сондай-ақ, Қарақалпақстандағы алыс ҳәм шетки аўылларда жумыс ислеп атырған барлық маман медицина хызметкерлерине 5 млн сўмға шекем өз алдына үстеме бериў, тек ғана Қарақалпақстан ушын, халықтың стационарда емлениў қәрежетлерин дәрамат салығынан азат етиў сыяқлы көплеген имканиятлар жаратылмақта.

Болып өткен байрам салтанатында тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип киятырған медицина тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды. Байрам салтанаты көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети