Газаны қайта тиклеў қорын жаратыў идеясы алға қойылды
1041
Саудия Арабстанында Араб мәмлекетлери лигасы ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң гезектег тысқары биргеликте саммити болып өтти. Израил – Палестина урысы ҳәм Газадағы гуманитарлық кризис мәселеси додаланған саммитте Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов та қатнасты. Саммит қатнасыўшылары бир даўыстан келиспеўшиликти сапластырыў ушын биринши қәдем Газа секторында әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў керек деген шешимге келген. Эрдоған бул жерде сөз бир неше саатлық тәнепис ҳаққында емес, ал оқ атыўды пүткиллей тоқтатыў ҳаққында болып атырғанын атап өткен. Қатнасыўшыларға бола, еки ғәрезсиз мәмлекет жаратыў арқалы ғана келиспеўшиликке әдил шешим табыў мүмкин. Саммитте ЭБШ қәўендерлигинде Газаны қайта тиклеў қорын жаратыў идеясы алға қойылған. Қатар әмири Шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң айтыўы бойынша, БМШ Израилдиң тыныш халқының мәнзиллерине, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў мәкемелерине шөлкемлестирген ҳүжимлер ушын жуўапкершилик дәрежесин анықлаў мақсетинде Газа секторына халықаралық тергеў топарын жибериў зәрүр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги