Қарақалпақстан хабар агентлиги
Тайынлаў
1216
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери қатнасыўында мәжилис өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Мәденият министри О.Назарбеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты.
Мәжилисте шөлкемлестириўшилик мәселеси көрип шығылды.
Онда Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң буйрығы менен Батыр Толыбаевич Аллаков Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары лаўазымына, Айдосбек Генжебаевич Бекпанов Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими директоры лаўазымына тайынланды.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Батыр Аллаков усы күнге шекем Беруний районы Мәденият бөлими баслығы, Айдосбек Бекпанов Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Мәденият мәкемелери хызметлерин шөлкемлестириў бөлими бас қәнигеси, министр орынбасары ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы болып жумыс алып барған.