Олий Мажлис жумысы жәнеде жетилистириледи
1021
Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ гезектеги мәжилисинде бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы менен ислеп шығылған “ Жаӊа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабылланғанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жумысын жетилистириўге қаратылған Өзбекстан Республикасыныӊ айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
— Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасыныӊ айрым нызам ҳүжжетлерине Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатыныӊ жаӊа редакциядағы Конституцияда белгиленген толық ўәкилликлери ҳәм парламент қадағалаўын әмелге асырыўдыӊ ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, нызамшылық усынысларын алға қойыў ҳәм нызамларды қабыллаўдыӊ жаӊа тәртибин әмелдеги нызамшылықта белгилеўди нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте, — деди баянатшы депутат Шербек Бўронов. — Атап айтқанда, 100 мыӊнан кем болмаған пуқаралар, Сенат,Омбудсман ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясыныӊ нызамшылық усынысларын Нызамшылық палатасына киргизиўге ҳақылы екенлиги беккемленбекте. Усы белгиленип атырған нормалар мәмлекетлик жумысларды басқарыўда пуқаралардыӊ қатнасын және де кеӊейтеди. Буннан тысқары, нызам жойбары менен Нызамшылық палатасындағы фракция басшысыныӊ ўәкилликлери өз алдына статьяда анық белгиленбекте. Парламент тексериўин Нызамшылық палатасыныӊ депутатлары ҳәм Сенат ағзалары арасынан теӊлик тийкарында дүзилген биргеликтеги арнаўлы комиссия тәрепинен өткерилиўи нәзерде тутылмақта. Нызамшылық палатасы комитетлерине Ҳүкимет ағзаларыныӊ есабатлары ҳәм мәмлекетлик уйымлары басшыларыныӊ мәлимлемесин еситиў басламасы менен шығыў ҳуқықы берилмекте.
Бизге мәлим болғанындай, нызам жойбарын және де жетилистириў мақсетинде жәмийетшилик додалаўына қойылған еди. Усы процессте 400 ге шамалас усыныс- пикирлер келип түсти ҳәм олар тереӊ талқыланды. Сондай-ақ, илимий хызметкерлер ҳәм экспертлердиӊ қатнасыўындағы додалаўларда билдирилген усыныслар нызам жойбарында өз сәўлелениўин тапты, екинши оқыўға таярлаў даўамында 40 тан аслам статьяларға редакциялық дүзетиўлер ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам жойбарын статьяма-статья додалаў даўамында депутатлар тәрепинен бир қатар сораў ҳәм усыныслар билдирилди. Қызғын додалаўлардан соӊ нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабылланды.
ӨзА