Завод мәмлекетимиздеги сегизинши газ-химия компекси, Сурхандәрьядағы еӊ ири санаат кәрханаларынан бири болады. Онда 1050 адам жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинленеди. – Байсынлылар өз районында сондай үлкен завод қурылғаны, мынлаған жаӊа жумыс орынлары пайда болғанын сезиўи керек. Енди бул компекс әтирапында түрлес тараўларды раўажландырыў керек, – деди Президент. Усы жерде Байсын районында табылған және бир кән – жаныўшаӊ сланец кәнин өзлестириў жойбары презентация етилди. Оннан электр энергиясы, нефть ҳәм газ алыў имканиятлары ҳаққында мәлимлеме берилди.