Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти
1713
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды. Усы жылдың өткен 10 айы даўамында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тараўында әмелге асырылған жумыслар, сондай-ақ, алдағы ўазыйпаларға бағышланған мәжилиске Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының миллий қәдириятлар, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын раўажландырыў бойынша сектор баслығы А.Маврулов, Жоқарғы Кеңес депутатлары, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңесиниң ағзалары, министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары, тийисли жуўапкерлер, соның менен бирге, видеоконференциялық байланыс арқалы барлық қала ҳәм районлардың Кеңес баслықлары қатнасты.
Мәжилисте атап өтилгениндей, раўажланған мәмлекетлердиң қатарынан орын алыў ушын миллий идея тийкарында жумысларды шөлкемлестириў бүгинги күнниң оғада әҳмийетли мәселелериниң бири есапланады. Соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта, тараўды раўажландырыў бойынша көплеген қарарлар қабыл етилмекте. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте министрликлер, мәкемелер, қала, район ҳәкимликлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Деген менен Президентимиздиң қарары менен «Шаңарақ – билимлендириў мәкемеси - мәҳәлле» принципи тийкарында жумысларды жолға қойыў ўазыйпасын орынлаўда еле де ислениўи тийис жумыслар бар екенлиги атап өтилди. Мәжилисте тараў басшыларына орын алып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети