Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Қытай Халық Республикасында болып турыпты
1501
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегация әмелий сапар менен Қытай Халық Республикасында болып турыпты.
Сапардан гөзленген тийкарғы мақсет Қытайдың жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыўлар өткериў, олардың жумыслары менен жақыннан танысыў ҳәм бирге ислесиў бойынша перспективалы жойбарларды ислеп шығыўдан ибарат.
Соның менен бирге Қарақалпақстан делегациясы Қытай Халық Республикасындағы аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған жумыслар, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшы компанияларды барып көриўди де режелестирген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети