1516
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегация ағзалары Чженьцзянь қаласындағы “World Group” аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў компаниясына барып, кәрхана тәрепинен ислеп шығарылған аўыл хожалығы ушын мөлшерленген трактор ҳәм тиркемелер көргизбеси павильонында болды.
Буннан соң компания бас директоры Чжу Линьцзуан менен ушырасыў болып өтти. Онда елимизде аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў санаатын раўажландырыў, халықты жергиликли ислеп шығарылған техникалар менен тәмийинлеў, аграр секторды аймақлардың климат ҳәм топырақ шараятларына сәйкес келетуғын заманагөй ҳәм арзан аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў мақсетинде компанияның рәсмий аўыл хожалығы техникаларын жыйнаў ҳәм сервис хызметин көрсетиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағында жаңа кәрхана шөлкемлестириў бойынша дәслепки келисимге ерисилди.
Соның менен бирге Қытайдың “Jiansu Tiansheng Pharmaceutical co.LTD” директорлар кеңеси баслығы Цзи Хао менен де ушырасыў шөлкемлестирилди. Кәрхана баслығы өз сөзинде 2018-жылда 5 млн.доллар инвестиция киргизип, Нөкис районында қоспа кәрхана шөлкемлестирилгенин, ҳәзирги ўақытта дерлик 150 адам жумыс пенен тәмийинленип, боян тамыр экстратын сырт мәмлекетлерге экспорт қылып киятырғанын атап өтип, бул бағдардағы жумысларды еле де даўам еттириў ҳәм кәрхананың жумысын кеңейтиў мақсетинде 2024-жылдың биринши шерегинде Қарақалпақстанға баратуғынын ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асыратуғынын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети