Қарақалпақстан делегациясы Қытайдың бир неше ири исбилерменлери менен G2B ҳәм B2B форматында ушырасыўлар өткерди. Болып өткен ушырасыўларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшылығындағы делегация Қытайдың бир қатар ири компаниялары менен шәртнамаларға қол қойды.
1583
Атап айтқанда Қараөзек районында жайласқан «KARAKALPAK SEMENT» ЖШШ ҳәмде “SHAH POLAN” ЖШШ тәрепинен Қытайдың жетекши кәрханалары менен улыўма баҳасы 135,3 млн. долларға тең төрт инвестициялық келисимлерге ерисилди.
Олар, Sinoma–Liyang Heavy Machinery Co., LТD кәрханасы менен цемент ислеп шығарыўды кеңейтиў нәтийжесинде күнине 3200 тонна қуўатлылыққа ийе клинкер ислеп шығарыў. Жойбар баҳасы 100 млн. доллар.
Nanjing Henghui Building Materials Technology Co., LT кәрханасы менен автоклав газобетон ислеп шығарыў, жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 200 000 м3. Жойбар баҳасы 13,3 млн. доллар.
Nanjing Henghui Building Materials Technology Co., LT кәрханасы менен ҳақ ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, күнлик ислеп шығарыў қуўатлылығы 400 тонна. Жойбар баҳасы 7,13 млн. доллар.
Nanjing Bai Sheng Glass Technology Co., LtD кәрханасы менен шише кристалл ислеп шығарыўды шөлкемлестириў. Жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 200 000 м2. Жойбар баҳасы. 14.9 млн. доллар.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети