Айрым санаат тармақлары мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланады
1250
Өзбекстан Республикасы Президенти “Айрым санаат тармақларында сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында” пәрман қабыллады. Оған бола, Экспортты қоллап-қуўатлаў қоры есабынан кондитерлик кәрханаларына экспорт алдынан ҳәм экспорт пенен байланыслы саўда операцияларын қаржыландырыў ушын соңғы 12 даўамында әмелге асырылған экспорт көлеминен келип шыққан ҳалда 2 жыл мүддетке шекем төмендеги муғдарларда финанслық ресурслар ажыратылады: экспорт көлеми 500 мыӊ АҚШ долларына шекем болғанда — 1 миллион АҚШ долларына шекем; экспорт көлеми 500 мыӊ АҚШ долларынан 4 миллион АҚШ долларына шекем болғанда – 2 миллион АҚШ долларына шекем; экспорт көлеми 4 миллион АҚШ долларынан артық болғанда – 3 миллион АҚШ долларына шекем. 2025-жыл 1- январьға шекем кеӊ түрдеги кондитерлик өнимлерин ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын қадақлаў ҳәм этикеткалаў өнимлери (ТИФ ТН кодлары 3919 108 000 ҳәм 3921906 000) бажыхана бажыдан азат етиледи. 2024-жыл 31-декабрьге шекем ийирилген жип экспорт етиўде өндирилетуғын жыйнақтыӊ әмелдеги муғдарын 5 есеге кемейтиў; 2024-жыл 31-декабрьге шекем боялған гезлемени реализациялаўдан түскен улыўмалық түсимнен усы өнимлерди ишки базарда сатыў үлеси кеминде 50 процентти қураған кәрханаларға социаллық салықты 1 процент муғдарындағы салық ставкасы бойынша төлеў ҳәм үш жыл мүддетке шекем юридикалық тәреплерден алынатуғын мал-мүлик салығы төлемин кешиктириў хуқықы бериледи. 2026-жыл 11октябрьге шекем тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханалары жумыс ушын зәрүр болған айрым товарларды импорт етиўде бажыхана бажы алып тасланады. Сондай-ақ, санаат зоналарында жер майданлары ҳәм имаратларды ижараға бериўде төлемлерди бөлип-бөлип төлеў дәўири әмелдеги 12 айдан 24 айға шекем узайтылады.
ӨзА