Қытай Халық Республикасында болып турған Қарақалпақстан делегациясы Шинжон экология ҳәм география институтында болып, институт директоры Чжан Юаньмин менен ушырасты
1430
Онда Қытайда шөллениўге қарсы гүресиў бойынша исленип атырған жумыслар, соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы менен биргеликте әмелге асырылып атырған қоспа жойбарлар презентациясы болып өтти.
Ушрасыуда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Президентимиздиң басламасы менен Аралбойында, атап айтқанда Арал теңизиниң қурыған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, яғный 1 миллион 700 мың гектар майданда пайда етилген жасыл тоғайлықлар ҳаққында атап өтти.
Өз гезегинде институт директоры Чжан Юаньмин бул бағдардағы жумысларда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди еледе раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети