Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди
2231
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ана тили – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, биз әўладларға шекем жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады. Ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады. Сонлықтан, ҳәр бир өсип киятырған әўлад ана тилин қәстерлеўи, оның келешек әўладқа сап ҳалында жетип барыўын тәмийинлеўи керек.
Өткерилген байрам салтанатында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мəмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Нодиржон Холбўтаев, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мəденият ходими, “Маънавий ҳаёт” журналының бас редакторы Эшқобил Шукуров, Өзбекстанда хызмет көрсеткен жаслар устазы, филология илимлериниң докторы, профессор Баҳодир Каримов, Қарақалпақстан халық шайыры Музаффар Аҳмедов, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмоновлар ҳəм басқа да бир қатар қəдирли мийманлардың қатнасыўы – бул халқымызға, қарақалпақ тилине деген жоқары ҳүрмет ҳəм итибардың көриниси саналады.
Соңғы жыллары елимизде ана тилимизди сақлаўға, оны және де байытыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Әлбетте, булардың барлығы ана тилимизге болған жоқары итибар ҳәм ғамхорлықтың әмелдеги көриниси болып табылады.
Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар тараў ўәкиллери Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети