Қарақалпақстанда жасыл экономика ҳәм инновация технологиялары енгизилмекте
1445
2022-2026-жылларға арналған “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы”нда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, Өзбекстан Республикасының “жасыл” экономикаға өтиў стратегиясы шеңберинде “жасыл” ҳәм инклюзив экономикалық өсиўди тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған ис-илажлар нәтийжелилигин арттырыў, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳәмде экономиканың барлық тармақларында ресурсларды үнемлеўди еле де кеңейтиў мақсетинде Ҳүкимет комиссиясының 2023-жыл 29-сентябрьдеги “2023-2025-жылларға арналған Инвестиция бағдарламасы реже көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў, жоқары дәрежедеги сапарлар ҳәм халықаралық илажлар шеңберинде ерисилген келисимлер жағдайы бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында”ғы 85-санлы протоколдың 7-қосымшасына тийкарланып, Испания мәмлекети Eolica Navarra кәрханасы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында “MINARET ECO COMPLEX” ЖШЖ тәрепинен “50 МВт қуўатлылыққа ийе қуяш электр станциясын ҳәм эко комлекс шөлкемлестириў” жойбары 2025-жылда иске түсирилиўи режелестирилген.
Жойбар баҳасы 50 млн. долларды қурап, соннан өз қаржылары – 25 млн доллар, туўрыдан-туўры сырт ел инвестициясы – 25 млн доллар. Усы жойбар тийкарында жылына 150 млн кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылып, 150 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар:
- қуўатлылығы 50 МВт болған қуяш электр станциясын қурыў;
- 120 ханалы 4 жулдызлы мийманхана қурыў;
- тамшылатып суўғарыў ушын еки суў сақлағышына ийе 5 гектарлы жасыл аймақ жаратыў;
- 2,5 км жол бойын абаданластырыў;
- автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасын шөлкемлестириў;
- ресторан / кафе;
- 110 кВт күшлениўдеги жаңа өширип-жағыў пунктин қурыў;
- узынлығы 1 км болған 2 шынжырлы 110 кВт күшлениўдеги электр узатыў тармағын қурыў.