Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қытай Халық Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь менен ушырасты
1239
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған айрықша итибары, билимлендириў, социаллық қоллап-қуўатлаў, регионның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бағдарында жаратылып атырған имканиятлар ҳәм бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар бойынша кең түрде атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы, соның ишинде Қарақалпақстан менен өз-ара байланыслар, саўда-экономикалық, инвестициялық, социаллық, билимлендириў, аўыл хожалығы, туризм бағдарлары бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша сөз етилди.

Сондай-ақ, саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўдеги өз ара бирге ислесиўди күшейтиў, республикамызда қытайлы инвесторлар қатнасыўында жаңа жойбарларды көбейтиў, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў бойынша бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында пикирлесилди.
Айтып өтиў керек, жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Қытай мәмлекетинде әмелий сапар менен болған еди. Сапар шеңберинде бир қатар ири жойбарларды республикамызда иске түсириў, жаңа инвестициялық жойбарлар бойынша бирге ислесиў ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўде бир қатар келисимлерге ерисилген еди.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында сөйлесилди ҳәм Қытай Халық Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети