Қытай Халық Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь республикамызда болып турыпты
1355

Дәслеп, сырт мәмлекет елшиси Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пенен еки тәреплеме бирге ислесиўди еле де кеңейтиў мәселелери бойынша ушырасқан еди.
Күнниң екинши ярымында мийманлар Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев пенен бирге И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, «Саҳра лувры»нан орын алған экспонатларды тамашалады.
Буннан соң, Нөкис районы «Саманбай» АПЖ аймағындағы «KPC NUKUS HERBAL TECHNOLOGY» жуўапкершилиги шекленген жамийети тәрепинен боян тамыр экстрактын ислеп шығарыў кәрханасы жумысларын барып көрди.
Айтып өтиў орынлы, 5,4 млн. АҚШ доллары тийкарында иске түсирилген кәрханада боян тамыр экстракты экспортқа шығарылып келмекте.
Ҳәзирги ўақытта 100 ден аслам пуқаралар жумыс пенен тәмийинленген болып, 2022-жылда 1,5 млн. доллар, 2023-жылда 1,8 млн. доллар өним экспортқа шығарылыўына ерисилди.
Мийманлар менен кәрхананың ерискен нәтийжелери ҳәм алдыңғы ўақытта режелестирилип атырған жумыслары бойынша сәўбетлесиўлер алып барылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети