Елликқала районында Абат мәҳәлле бағдарламасы тийкарында бир қанша жумыслар әмелге асырылды
1488
Елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўды өз алдына мақсет етип қойған ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Абат мәҳәлле - абат көше - абат шаңарақ бағдарламасы енгизилген еди. Мине усы бағдарлама тийкарында республикамызда көплеген жумыслар әмелге асырылып, мәҳәллелер шын мәнисинде басқаша түске енди. Бул жумыслар шеңберинде электр, газ, ишимлик суўы, мектеп, бақша, көшелерди оңлаў сыяқлы жумыслар исленди. Адамлардың турақ-жайлары көркейип, өзгеше түске енди.

Абат мәҳәлле адамларының кеўлиде абат, мәденияты жоқары болады. Мәмлекетимиз бойлап алып барылып атырған бундай ийгиликли әмеллер Елликқала районындағы Қабатқала мәҳәллесинде де өз тастыйығын тапты. Аймақта алып барылып атырған жумыслардың Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығы қарсаңында жуўмақланғаны турғынлар ушын шын мәнисинде байрам болды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Мусаев Қабатқала мәҳәллесинде болып, аймақ турғынлары менен ушырасты. Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығы менен қутлықлап, сәне мүнәсибети менен бир қатар мәҳәлле белсендилерине Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгиси, ҳүрмет жарлықлары, “Маҳалла ифтихори” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы, Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри “Қабатқала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Қабатқала” тарийхый естелигине барды. Айтып өтиў орынлы, ерамыздан алдыңғы IV-III, ерамыздың XI-XIII әсирлерине тийисли болған бул тарийхый естелик Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкар мәдений мийрас объектлериниң миллий дизимине киргизилген болып, туризм маршрутлары қатарынан орын алған.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тарийхый естелик пенен жақыннан танысып, бундай бийбаҳа мийрасларымызды қәстерлеп-сақлаўымыз, дүнья жәмийетшилигине кең түрде таныстырыўымыз керек екенлигин атап өтти. Өтмишимизден сөз етиўши бул естелик саяхатшыларда үлкен қызығыўшылық оятпақта. Бүгинниң өзинде де бир қатар туристлер қаланы көриў ушын келди ҳәм бул естелик мийманларда үлкен тәсир қалдыра алды. Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы “Қабатқала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы мәҳәлле гүзарында болды. Бул жерде дәслеп Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен шөлкемлестирилген көргизбе менен жақыннан танысты. Көргизбеде бүгинги күнде Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән ареналарында елимиз даңқын көтерип атырған жас спортшылар ҳәм олардың ерисип атырған табысларына айрықша дыққат қаратылып, елимиздиң байрағын дүньяға еле де танытыў, жаслар арасында спортты ғалабаластырыў оғада әҳмийетли ўазыйпалардың бири екенлиги атап өтилди. Буннан соң, мәҳәлле гүзарында жайласқан хызмет көрсетиў, ислеп шығарыў субъектлери көзден өткерилди. Улыўмаластырып айтқанда, бүгин “Қабатқала” мәҳәллеси турғынлары аймақта орынланған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, сондай-ақ, жоқарыда атап өтилген қатар илажлардың әмелге асырылыўы менен Жаңа Өзбекстанда “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идеяны турмыста ҳәр бири өз шаңарағында сезинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети