Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районындағы “Найман” аўыл пуқаралар жыйынында болды
1456
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Мусаев пенен бирге аймақтағы “Мәҳәлле гүзары” имаратына барды. Бул жерде аймақ белсендилери, нураный-ақсақаллар менен ушырасып, имаратта жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.
Айтып өтиў керек, “Мәҳәлле гүзары”нда бир қатар исбилерменлик субъектлери иске түсирилген болып, халыққа тийкарынан турмыслық хызмет көрсетиў бойынша жумыслар жолға қойылған. Жаңадан ашылған тигиўшилик цехында болса, кийим-кеншек ҳәм басқа да товарларды тигиў жумыслары әмелге асырылмақта.
Мәҳәлледе жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша да бир қатар жумыслар даўам еттирилип атыр. Атап айтқанда, 23 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер берилди. 10 пуқараның өзин-өзи бәнт етиўине көмеклесилди. Бир қатар пуқаралар мәўсимлик жумысларға тартылып, дәраматлы жумыс пенен тәмийинленди.
Буннан тысқары, мәҳәлледе халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша да бир қатар жумыслар әмелде өз нәтийжесин берип атыр. Яғный, «Абат үй, абат көше, абат мәҳәлле» бағдарламасы тийкарында қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары даўам еттирилмекте.
Атап айтқанда Президентимиз тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 52-санлы қарары тийкарында “Найман” МПЖда 26 үйдиң төбеси шиферланды.
Буннан тысқары, абаданластырыў жумыслары шеңберинде 65 ескирген электр бағаналары жаңасына алмастырылды, 3,3 км электр сымлары тартылды. 11 км ишки хожалық жолларына ЩПС төселип, жоллары жақсыланды. Бул әмелге асырылып атырған жумысларға мәҳәллениң ҳәр бир шаңарағы өз үлесин қосып, абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсетпекте.
Буннан соң “Найман” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы зәўлим имаратта Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығына арналған “Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тийкары” атамасында байрам илажы өткерилди.
Өткерилген байрам илажында мәҳәлле белсендилери, нураный-ақсақаллар, кейўаны ҳаялларға байрам дастурханы жайылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, халық ийгилиги жолында тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, әмелге асырылып атырған турмыслық реформалар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Буннан соң, байрам мүнәсибети менен бир қатар мәҳәлле белсендилерине Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгиси, ҳүрмет жарлықлары, “Маҳалла ифтихори” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Халық сейили көринисинде өткерилген байрам илажлары мәҳәлле майданында даўам етти. Халық миллий ойынлары, саз-сәўбет, байрам сейили, аўыл хожалығы көргизбелери байрамға өзгеше көтериңки кейпият бағышлады.
Бүгин найманлылардың көзлеринде қуўаныш, турмысынан қанаатланыўшылық сезимлери көринеди. Себеби, абатлық, “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идеяны өзинде қамтыған реформалар, Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған әдил сиясат ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети