Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы кең түрде белгиленди
1860
Усы жылдың 7-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығына арналған “Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тийкары” атамасында байрам салтанаты болып өтти. Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Конституция өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда терең реформалардың алып барылыўы, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслардың жеделлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенлиги, жәрдемге мүтәж инсанлардың қоллап-қуўатланыўы, республикамызда кең көлемли абаданластырыў жумысларының алып барылыўы, «Меҳир ҳәрекети» басламасының турмысқа енгизилиўи-булардың барлығы халқымызды турмыстан разы етиў ушын әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден есапланады.
Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилип атырған елимизде өткен қысқа ўақыт ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы да социаллық-экономикалық жақтан жаңаша раўажланыў жолына түспекте. Халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында көплеген әмелий жумыслар даўам еттирилип атыр. Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа көтерди.
Өткерилген илажда мине усындай ийгиликли басламалар ҳәм алып барылып атырған реформалар негизинде әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди. Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың байрамға арналған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети