«Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйыны имараты пайдаланыўға тапсырылды
1489
Бүгин Нөкис қаласында «Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйыны имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз Конституциясы байрамы ҳәм жаңа имарат ашылыўы менен қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бойынша ҳүрметли Президентимиз басшылығында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып, халықшыл реформалар турмыста өз сәўлесин таўып атырғанлығын атап өтти.
Буннан соң мәҳәлле имараты пайдаланыўға тапсырылды ҳәм онда мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлери менен белсендилери ушын жаратылған шараятлар, пуқаралар менен жақыннан бирге ислесиў бойынша мүмкиншиликлер менен жақыннан таныстырылды.
Аймақтың нураныйлары ҳәм жасы үлкенлери өз пәтиясын берип, Президентимиз басшылығында халқымыздың абат турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәр бир шаңараққа кирип барып атырғанлығын ҳәм бүгинги турмысынан разылығы артып атырғанлығын айрықша тилге алды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети