Нөкис қаласы аймағында жаңадан көп қабатлы 10 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды
1241
Бүгин Нөкис қаласындағы “Гөне қала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 10 дана 7 қабатлы турақ жай имаратларының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги қутлы байрам сәнесинде жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылып атырғанлығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында оғада кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылып атырғанлығы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар тийкарында социаллық, экономикалық турмысымызда, аўыл ҳәм мәҳәллелеримизди абат етиўде, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўда, жасларымызға жоқары оқыў орынларына қосымша квота ҳәм оқыўын көшириўи ушын имканият берилиўинде ҳәм басқа да бир қатар бағдарларда көплеген әмелий жумыслар даўам еттирилип атырғанлығын атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, ҳәр бири 42 квартираға ийе жәми 420 квартирадан ибарат жаңа турақ жайларды қурыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 96,2 млрд. сумлық кредит қаржылары ажыратылып, усы турақ жайлардан 20 квартира Президентимиздиң тапсырмасы менен көзи әззи ҳәм имканияты шекленген пуқараларға қайырқомлық есабында берилди.
Жаңадан қурылған массив барлық коммуникация тармақлары менен тәмийинленди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ арнаўлы Президиум қарарына тийкар ишки жолларды қурыў ушын 1,3 млрд. сум, көп қабатлы турақ жайлардың ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын қурыў ҳәмде насос станциясын реконструкциялаў ушын 1,4 млрд. сум, әтирапын абаданластырыў ушын 800 млн. сум қаржы ажыратылды.
Бүгинги күнге келип жаңа турақ жайлардың ийелери өз үйлерине көшип келе баслаған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети