«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары болып өтти
1930
Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип атыр. Усы жылдың 10-декабрь күни Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти. Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Айтып өтиў орынлы, тараўға қаратылып атырған айрықша итибар дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш-жигер бағышлап, олар жылдың машақатлы келиўине қарамастан пахта, бийдай ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте.
Соның менен бирге, быйылғы жылда ҳәр жылғыдан өзгеше түрде бас сыйлықлар аўыл хожалығы тараўында жемисли жумыс алып барған мийнет алдыңғыларына берилди. Сондай-ақ, ҳәр бир район тәрепинен 100 кг.нан палаў писирилип, жыйналған халыққа 1700 кг.нан артық палаў бийпул тарқатылды.
Буннан соң, байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Тахтакөпир районы биринши, Бозатаў районы екинши, Кегейли районының командасы үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. 1-орын ийелерине команда қурамындағы 7 адамның ҳәр бирине телевизор екинши орын ийелерине пылесос 3-орын ийелерине микро толқынлы печь тапсырылды.
Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортада Хожели районынан Зарапатдин Турдымуратов ҳәм Ишки ислер уйымы хызметкери Сайтов Бахрам беллести. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Зарапатдин Турдымуратов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев палўанға бас байрақ - Президентимиздиң саўғасы 50 млн. сум сыйлықты тапсырды.
2-орын ийеси Б.Сайтов – 40 млн. сум, Кейинги салмақ категориялары бойынша: Бегалиев Атабек 30 млн. сум, Оразалиев Өткирбек 20 млн. сум, Айтбаев Асадбек 10 млн. сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.
Қошқарлар урысы да тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Усы күни Нөкис қаласы, Беруний, Қанлыкөл, Қоңырат, Әмиўдәрья, Шымбай, Нөкис районларынан келген қошқарпазлардың қошқарлары жеңиске еристи. Ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды. Яғный: бас қошқарға гибрит мотороллер, кейинги орынға, мотороллер, буннан басқа қошқар ийелерине 3 дана скутер тапсырылды.
Буннан соң бир, еки (жорға), бес, жети, он үш айлаўға атлар жиберилди. Онда республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти. Он үш айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болып, бәйгиге биринши болып келген Бахыт Ибраимовтың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы 40 млн. сум пуллай сыйлық тапсырылды. Кейинги орынларды ийелегенлер: 2-орынға 30 млн. сум, 3-орынға 20 млн. сум пуллай сыйлық ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди.
7 айлаў бойынша: 1-орынға 20 млн. сум, 2-орынға 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум, 5 айлаў бойынша: 1-орынға 15 млн. сум, 2-орынға 10 млн. сум, 3-орынға 5 млн. сум,
2 айлаў жорға жөнелиси бойынша: 1-орынға гибрид мотороллер, 2-орынға электро мотороллер, 3-орынға скутер,
1 айлаў спринтер жөнелиси бойынша: 1-орынға электро мотороллер, 2-орынға скутер, 3-орынға телевизор тапсырылды.
Сондай-ақ, «Қыз қуўыў» жуплықлары телевизор ҳәм электро печкалар, «Теңге алыў» бойынша ҳәр бир жеңимпазға телевизор, «Көкпар» жарысларының жеңимпазларының ҳәр бирине скутер, екинши ҳәм үшинши орын ийелери телевизорлар ҳәм баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Ең алдыңғы фермер хожалығы номинациясына «Қоңырат мехри» ф/х баслығы Айтмуратов Есенбай ылайық деп табылды ҳәм Президентимиз саўғасы Трактор тапсырылды.
Сондай-ақ, Ең жақсы шарўа фермер номинациясы бойынша: «Шукурулла Бабаджанов» ф/х баслығы Бабаджанов Шухрат Киши трактор, ең жақсы бағман номинациясы бойынша «Жавохир асл мева боғи» ф/х баслығы Атабаев Анвар Киши трактор менен сыйлықланды.
Буннан тысқары, Ең жақсы таўық бағыўшы, Ең жақсы балықшы, Ең жақсы пал ҳәрре бағыўшы, Ең жақсы қаракөлшилик хожалығы, Ең жақсы илим ғайраткери, Ең жақсы жер дүзиўши, Ең жақсы ветеринар, Ең жақсы өсимликлерди қорғаўшы лаборант, Ең жақсы шарўа тараўы хызметкери (Зоотехник), Ең жақсы ирригатор, Ең жақсы мелиоратор, Ең жақсы эксковаторшы, Ең жақсы механизатор, Ең жақсы комбайыншы номинациялары бойынша жеңимпазлардың ҳәр бирине скутер берилди. Соның менен бир қатарда, Ең жақсы пиллекешке Гибрид Мотороллер, Ең жақсы қыйтақ жер ийесине Мото культиватор, Ең жақсы аўыл хожалығы хызметкерине 10 млн. сум сыйлық тапсырылды.
Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады. Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып өткерилген байрам тамашалары халық сейили менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети