Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен Нөкис районында үйрениў жумыслары алып барылды
1139
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен халықтың қыс-бәҳәр айларында тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, базар баҳаларының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алыў ҳәм тутыныў ушын зәрүр болған биринши дәрежели азық-аўқат өнимлери резервин жаратыў бойынша анық тапсырмалар берилген еди.
Усы тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў ушын Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова тәрепинен Нөкис районында үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениўлер даўамында қыс ҳәм бәҳәр мәўсиминде пуқаралар ҳәм социаллық тараў мекемелериниң тийкарғы турдеги азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бағдарында қоймаханалардағы жыйналған резерв өнимлериниң жетерли дәрежеде екенлиги, оларды сақлаў ушын жаратылған шараятлар көрип шығылды.
Базар баҳаларының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алыў ҳәм өз ўақтында азық-аўқатлық затларды халыққа жеткерип бериўде жыйналған резервтиң әҳмийети айрықша болып, Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасына муўапық өнимлер резервин еле де көбейтиў зәрүрлиги бар екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети