“Мәҳәлле беслиги” ўәкиллериниң бир топары хошаметленди
912
Бүгин Нѳкис қаласының социаллық-экономикалық потенциалын арттырыў, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бағдарында пидайылық кѳрсетип атырған белсендилерди хошаметлеў мақсетинде “Ҳүрмет-2023” сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти. Айтып өтиў орынлы, елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарында кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа ўақыт ишинде кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық машқалаларын шешиў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, «Абат шаңарақ – абат кѳше – абат мәҳәлле» принципи тийкарында шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында қурылыс-абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бойынша көплеген жумыслар əмелге асырылды.
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген жоқары итибары менен өткен бир жыл ишинде 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Ең баслысы, бул нызам ҳүжжетлери халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Бүгинги өткерилген салтанатлы илажда мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ийгиликли ислер менен түпкиликли өзгерислерде айрықша белсендилик көрсетип атырған “Мәҳәлле беслиги” ўәкиллериниң бир топары сыйлықланды. Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети