Жоқарғы Кеңес Баслығы Қытай мәмлекетинен келген делегация ўәкиллери менен ушырасты
867
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытайдың «Travel to Central Asia» компаниясы бас директоры Зю Лихин, «Urumqi Rubber Trade Events» компаниясы бас директоры Бай Лу, «Soluxe Travel» агентлиги бас директоры Лю Ран менен ушырасты Ушырасыўда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында республикамыз аймағында туризм тараўын раўажландырыў, Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Соның менен бирге, туризм тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, Аралбойы аймағындағы туризм маршрутлары, Үстирт тегислигиниң әжайып тәбияты, Арал теңизиниң өтмишинен сөз етиўши бийбаҳа мийраслар, мәдений мийрас объектлерине итибарды күшейтиў ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери сөз етилди. Онда сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып, ҳәзирги ўақытта түпкиликли өзгерислер әмелге асырылып атырған бүгинги Мойнақ Қарақалпақстанның туристлик айналарының бири болатуғынлығы айрықша атап өтилди.
Өз нәўбетинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, түризмди раўажландырыў бойынша өз-ара байланысларды еле де беккемлеў бағдарында пикирлерин билдирди. Ушырасыў жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында республика басшылары барқулла таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай усыныс қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.
Буннан соң, еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети