«Хошамет-2023» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў салтанаты өткерилди
1173
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Хошамет-2023» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев cөзге шығып, соңғы жыллары елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген жоқары итибары менен өткен бир жыл ишинде 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Ең баслысы, бул нызам ҳүжжетлери халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған илажларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Атап өтиў керек, бүгинги күнде жасларға айрықша итибар қаратылып, олардыӊ тереӊ билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, спорт пенен шуғылланыўы, шет тиллерин үйрениўи, исбилерменликти жолға қойыўы, еӊ баслысы, ҳәр тәреплеме саламат, бәркамал әўлад болып кәмалға келиўи ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте.
Бүгинги өткерилген сыйлықлаў салтанатында күнделикли турмысымызда түрли тараўларда пидайылық көрсетип киятырған жаслар, соның менен бирге, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда өрнек болып киятырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымларының ўәкиллери «Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми», «Жаслар машқалаларын шешиўдеги белсендилиги ушын», «Жылдың ең белсенди мәҳәлле жаслар жетекшиси» ҳәм басқа да 19 номинация бойынша «Хошамет – 2023» сыйлығы менен хошаметленип, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресими жас атқарыўшылар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Сыйлықлаў мәресими жас атқарыўшылар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети