Беруний районы ҳәкими тайынланды
1460
Беруний районы ҳәкими тайынланды
Усы жылдың 19-декабрь күни халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис жетинши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Хидиров Икром Торебаевич Беруний районы ҳәкими етип тайынланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, И.Хидиров мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Атап айтқанда, усы күнге шекем "Қарақалпақстан агрокластер" жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириўшиси лаўазымында нәтийжели жумыс алып барған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети