274 206 пуқараның 18 млрд.сум пул қаржыларын өз мүтәжликлери ушын ислетиў мүмкиншилиги жаратылды
1066
Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын ҳәм разылығын тәмийинлеў, оларға мүнәсип шараят жаратыў бойынша бир қатар әҳмийетли жумыслар алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 14-июндағы “Ҳәрекетшең исбилерменлик орталығын қәлиплестириўди жәнеде хошаметлеў, салық миннетлемелерин орынлаўда пуқаралар тәрепинен артықша қәрежетлерге жол қоймаў ҳәмде қосымша жумыс орынларын жаратыўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-192-санлы қарары қабыл етилген еди. Қарарға муўапық Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2023-жыл 1-июнь күнине 274 206 дана физикалық шахслардың мал-мүлк ҳәм жер салықлары (турақ жай емес көшпес мүлк объектлеринен тысқары) бойынша мүддетинде төленбеген қарызларға есапланған үстеме (пеня)ден пайда болған 18,0 млрд.сум қарыздарлық есаптан шығарылды. Нәтийжеде, 274 206 физикалық шахслардың 18,0 млрд.сум пул қаржылары өз мүтәжликлери ушын ислетиў мүмкиншилиги пайда болыўы натийжесинде олардың турмыс шараятлары жақсыланыўына үлкен жәрдем көрсетилди. Ең баслысы, 274 206 пуқараның қарыздарлық бойынша машқаласы өз шешимин тапты.