IТ тараўын раўажландырыў бүгинги күнниң баслы талапларының бири
1710
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм жаслар менен ушырасты.
Ушырасыў жақыннан сәўбет ҳәм ашық-айдын пикирлесиў усылында өткерилди. Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында соңғы жыллары билимлендириў тараўын раўажландырыў, тараўға инновациялық технологияларды кеңнен тартыў, IТ бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды еле де кеңнен ен жайдырыў, усы тийкарда елимиздиң раўажланыўы жолында барлық тараўларға заманагөй информация технологияларын енгизиў, санластырыўды кеңнен ен жайдырыў бағдарында кең мүмкиншиликлер жаратып берилип атырғанлығы атап өтилди. Ушырасыўда сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усыншама имканият берилип атырғанлығына қарамай республикамызда IТ тараўын раўажландырыў бағдарындағы әмелий жумыслар еле де талап дәрежесинде емес екенлиги тилге алынды. «IТ тараўы бул келешек кәсиби есапланады. Яғный, онда аз пул тигиў арқалы жоқары дәрамат алыў мүмкин. Сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў жумысларының нәтийжелигин арттырыў бағдарында санластырыўды енгизиў, артықша ўақыт талап ететуғын қағазбазлықты кемейтиў, бюрократиялық тосықлар сыяқлы қатар иллетлерден қутылыўда бул тараўды раўажландырыўдың әҳмийети айрықша. Ең баслысы, IТ тараўы менен халқымыздың мүшкилин жеңиллетиў, турмысын абат етиўде кең мүмкиншиликлерге ийе боламыз» - деди Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде. – «Ҳүрметли Президентимиздиң IТ тараўын раўажландырыўға, улыўма барлық тараўлардың алға илгерилеўи ушын, бул бағдарда тек ғана Қарақалпақстан ушын қаратып атырған итибары ҳәм ғамхорлығының шеги жоқ. Машқала тек айырым басшылардың ўазыйпасын орынлаўында».
Жоқарғы Кеңес Баслығы IТ тараўы бойынша хызметлер көлемин арттырыў, экспорт көлемин асырыў, санластырыўды жеделлестириў керек екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыўға қосымша шараятлар жаратыў бойынша және бир қатар имканиятлар берилгенлигин айрықша тилге алды. Соның менен бир қатарда, белгиленген шеклерге ерисиў ҳәм тапсырылмаларды орынлаўда сырт елдиң IТ ҳәм басқа да бағдарлардағы абыройлы компанияларында ислеп атырған қарақалпақстанлы жасларымыздың потенциалынан кең түрде пайдаланыў әҳмийетли ўазыйпалардың бири сыпатында атап өтилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы оқыў орны тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар мененде танысты ҳәм жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, еле де жаңа идеялар ҳәм халқымыз абаданлығы ушын хызмет етиўши қурамалы жойбарлар үстинде көбирек ислеў ҳәм излениў керек екенлигин атап өтти. Өз нәўбетинде, бүгинги күнде филиалда жаратылған жойбарлар бойынша жумысларда оқыў орнының потенциалынан келип шығып, бар мүмкиншиликлерден толық пайдаланылмай атырғанлығы, заманагөй билим бериўге итибарды күшейтиў керек екенлиги де айрықша тилге алынды. Ушырасыў даўамында оқыў орнының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары тәрепинен бир қатар усыныслар, жаңа басламалар билдирилди. Өз гезегинде, барлық билдирилген усыныслар жазып алынып, әлбетте қоллап-қуўатланатуғынлығы айтылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети