Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бир қатар белсенди жаслар менен ушырасты
1559
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў илажлары кеңейип, соның ишинде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғанын айрықша атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң жасларға деген жоқары исеними, айрықша итибары ҳəм аталарша ғамхорлығы нəтийжесинде олар ушын барлық имканиятлар жаратылмақта.
Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиз жасларын қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардыӊ қабыл етилгени, өткен қысқа дәўир ишинде қала ҳәм районларымызда белсенди жас шаңарақлар ушын Жаслар үйлериниң тапсырылғаны, билимли, зийрек ҳәм талантлы жасларымыз ушын заманагөй билимлендириў мəкемелериниң ашылғаны, жасларымызға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлердиң берилгени, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы жасларымыздың материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланыўы, жоқары оқыў орынларында қызларымыз ушын қосымша квоталардың ажыратылғаны – булардың барлығы ҳүрметли Президентимиздиң жасларға деген ғамхорлығының əмелий көриниси саналады.
«ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, жасларымыз турмысында үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин. Сизлер менен ушырасыўымыздан тийкарғы мақсетимиз – елимизде жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған илажларды жеделлестириў, ҳәр бир жастың пикир ҳәм усынысларын, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.”-деп атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде.
Әлбетте, келешек ийелери ҳәм Үшинши Ренессанс қурыўшылары есапланған жаслар ушын бүгин үлкен итибар қаратылып, олар ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте.
Бүгинги ашық-айдын пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет ететуғын бир қатар жаңа идеялары ҳәм басламаларын билдирди. Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслардың барлық басламалары қоллап-қуўатланатуғынлығын айрықша тилге алды.
Өткерилген ушырасыў даўамында қала ҳәм районлар мәҳәллелериндеги жаслар менен бирге ислесиўде белсендилик көрсетип киятырған бир қатар жаслар жетекшилери хошаметленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети