Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде республикамыздағы 43 432 турақ жайда жасаўшы пуқаралардың машқаласы өз шешимин табады
1483
Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар алып барылып атыр. Көп санлы пуқараларымыз тәрепинен көшпели қабыллаўларда ҳәм көше бийлери менен ушырасыўларда көтерилген үй-жайлардың кадастр ҳүжжетлери менен байланыслы машқалаларға шешим табыў бағдарында ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында республикамыз ушын өз алдына кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў мәселеси итибарға алынып, усы машқаланы шешиў бойынша ўәде берилген еди. Көп узамай пуқараларымыз күткен және бир тарийхый пәрманға қол қойылып, Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәмде физикалық шахслар тәрепинен қурылған үй-жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы 119-санлы пәрманы қабыл етилди. Пәрман бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралардың ҳуқықын белгилеўши ҳүжжетлерсиз қурылған 43 432 үй-жайлар жайласқан жер участкасына ижара ҳуқықын, онда жайласқан имаратларға мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы усыныс қоллап-қуўатланды. Яғный, Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен 43 432 ҳүжжетлери жоқ үйлердиң кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилип берилиўи белгиленди. Парманға тийкар үлги сыпатында Хөжели ҳәм Тақыятас районларындағы турақ жай объектлеринде Республика исши топары тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды ҳәм Халық депутатлары районлық кеңеслери усыныс еткен ҳүжжетсиз қурылған жәми 232 турақ жайларға мүлк ҳуқықын ҳәм жер участкасына ижара ҳуқықын тән алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары қабыл етилди. Бәршемизге мәлим, кадастр ҳүжжети жоқ болғанлығы себепли усы турақ жайларда жасаўшы пуқаралардың алдында бир қатар машқалалар бой көрсетер еди. Усы тийкарда дәслепки 232 үйде жасаўшы улыўма мыңнан аслам пуқараны қыйнап келген машқалалар өз шешимин тапты. Пәрманның орынланыўы бойынша тийисли жумыслар барлық қала ҳәм районларымызда даўам еттириледи ҳәм пуқараларымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеўдиң барлық зәрүрли илажлары көриледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети