«Алғыс-2023» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў мәресими өткерилди
2006
Бүгин Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында «Алғыс-2023» мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын қоллап-қуўатлаў, тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында атап өтти.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте. Әсиресе, Қарақалпақстан бойынша өз алдына қабыл етилген қарарлар миллий мәдениятымыз бенен көркем-өнеримизди және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Усы жылдың 10-июль күни «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарардың қабыл етилиўи де шын мәнисинде Президентимиздиң Қарақалпақстанға, оның мәденияты ҳәм көркем өнерине болған айрықша итибарының және бир айқын көриниси болды десек алжаспаған боламыз.
Бүгинги өткерилген сыйлықлаў салтанатында мәденият ҳәм көркем өнер тараўында пидайылық көрсетип киятырған тараў ўәкиллери, бир қатар жаслар ҳәм нураный-устазлар «Пидайы мийнетлери ушын», «Миллий аяқ ойын өнерин раўажландырыўдағы мийнетлери ушын», «Жылдың ең белсенди дөретиўшилер жәмәәти», «Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын» ҳәм басқа да 26 номинация бойынша «Алғыс-2023» сыйлығы менен хошаметленип, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Сыйлықлаў мәресими шебер атқарыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети