Жоқарғы Кеңес Баслығы Қытай мәмлекетинен келген инвесторлар менен ушырасты
1573
Қытай Халық Республикасы елшисиниң усынысы менен Қытайдың Фуцзянь провинциясының «Sichuan Metallurgical Control Group Co., Ltd.» компаниясы ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Ушырасыўда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары, пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, регионда исбилерменликти раўажландырыў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бағдарында қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар ҳәм усы тийкарда жаратылган мүмкиншиликлерге айрықша атап өтилди.
Онда дәслеп, «Sichuan Metallurgical Control Group Co., Ltd.» тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына дәслепки басқышта 35 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы алтын ҳәм мысты қайта ислеў, таяр өнимлер ислеп шығарыўға шекемги мыс кластерин шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў бойынша мәселелер талқыланды.
Өткерилген ушырасыўда республикамыз аймағында жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў, бул бағдарда бирге ислесиўди жолға қойыў, Қытай-Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан менен бирге орнатылған байланысларды жаңа жойбарлар арқалы еле де даўам етиў, Қарақалпақстанда таў-кән санаатын раўажландырыў, метал рудаларын қазып алыў, қайта ислеў ҳәм ислеп шығарыў ҳәм басқа да бир қатар жойбарлар ҳаққында сөз етилди.
Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағында ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы ҳәм инвесторлардың жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламасына барлық мүмкиншиликлер жумсалатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети