Тақыятастағы «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларына Президентимиз саўғалары тапсырылды
2279
Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиздиң ийеси, ийгиликли ислеримиздиң даўамшылары ҳәм көзимиздиң нурлары. Сонлықтанда, оларға қанша итибар қаратсақ, меҳир көрсетсекте арзыйды. Оларға ғамхорлық көрсетиў болса, кеңпейил ҳәм мийримли халқымыздың ағла пазыйлетлеринен саналады. Ал, перзентлеримиздиң бизден де бахытлы ҳәм абадан турмыста жасаўы ушын бүгин барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас «Балалар үйи»нде тәрбияланып атырған балаларға Президент саўғаларын тапсырыў ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлаў ушын барды.
Шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде кишкентайлар тәрепинен таярланған ойынлар мийманлар нәзерине усынылды.
Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығында, бүгин байрам босағасында оларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды ҳәм кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықланды.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас «Балалар үйи»ндеги шараятларды көзден өткерип, онда тәрбияланып атырған балалардың бүгинги жағдайлары менен танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети