Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларына Президент саўғаларын тапсырды
1492
Кеңпейиллик, балажанлық, меҳир-мүриўбетлилик халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлерден саналады. Әсиресе, балаларға ғамхорлық көрсетип, оларды мийрим-шәпәәттиң жоқары үлгиси менен камалға келтириўге мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылып атырғанын айрықша атап өтиўимиз керек.
Ҳәзирги ўақытта Тақыятас районындағы 1-санлы шаңарақлық балалар үйинде 6 бала, 2-санлы шаңарақлық балалар үйинде 9 бала тәрбияланып атырған болып, бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы шаңарақларды байрам қарсаңында барып көрди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, оларға Президентимиздиң саўғаларын тапсырды.
Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығында екенлиги атап өтилип, олардың ҳәр тәреплеме жетик, озық ойлы, бүгинги заман менен тең адым ататуғын, ағла пазыйлетли инсан болып камалға келиўинде бар мүмкиншилик иске салыныўы билдирилди.
Буннан соң, Жаңа жыл байрамы қарсаңында балалар тәрепинен байрам кейпиятындағы аяқ ойын ҳәм музыкалы атқарыўлар мийманлар нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети