Гүрес бойынша Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў салтанаты болып өтти
2325
Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (Манеж) спорттың кураш түри бойынша Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи. Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген беллесиўлер баслап жиберилди. Айтып өтиў орынлы, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия спорт түрлери менен бир қатарда миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр.
Атап айтқанда, үш ярым мың жыллық тарийхқа ийе, өзинде мәртлик, батырлық, ўатансүйиўшилик идеяларын жәмлеген гүрести ғалабаластырыў, раўажландырыў ҳәм оны дүньяға кеңнен танытыў жумыслары жаңа басқышларға көтерилмекте. Әлбетте, усындай жарыслардың өткерилиўи елимизде гүрес спорт түрин және де ғалабаластырыўда ҳәм халықаралық беллесиўлер жеңимпазларын жетилистирип шығарыўда әҳмийетли орын ийелейди. Өткерилген илаж даўамында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған палўанларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети