Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар спортшы жаслар менен ушырасты
2070
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бир қатар спортшы жаслар менен ушырасты. Ушырасыўда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында соңғы жыллары елимизде “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея астында кең кѳлемли илажлар әмелге асырылып атырғаны, усы тийкарда Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын 7 тарийхый пәрман ҳәм қарар қабыл етилип, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў илажлары көрилип атырғанлығын айрықша атап өтти. Айтып өтиў орынлы, соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Ѳткен 5 жыл ишинде тек ғана спортты раўажландырыў ушын 416 спорт объекти жаңадан қурылып, бүгинги күнде олардың саны 3 мың 604 ке жетти. Соның ишинде, бир ғана быйылғы жылдың ѳзинде бир қатар спорт объектлеринде қурылыс жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, жаслар арасында ғалабалық спортты ен жайдырыў мақсетинде 7,8 млрд. сумлық жәми 41 спорт майданшасы жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында, спорт жарысларын өткериў ушын 3,2 млрд. сум ҳәмде спортшы жаслармыздыӊ өз формаларын сақлап турыўы, ўақтында витаминизация менен тәмийинлениўи ушын 1,4 млрд. сум қаржылар ажыратылды. Соның менен бирге, Қарақалпақстанда футболды раўажландырыў, “Арал” ҳәм “Жайҳун” клубларын қоллап-қуўатлаў ушын быйылғы жылы жергиликли бюджет есабынан дерлик 7 млрд. сум қаржы ажыратып берилди. Өз гезегинде футболшыларымыз да Про-лига ҳәм Биринши лига ойынларында мүнәсип қатнасып келмекте. Буннан тысқары, быйылғы жылы пляж футболы бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы Ѳзбекстан чемпионатында 1-орынды ийелеген болса, футбол бойынша “Арал” футзал командасы ҳәм «Арал» қызлар командасы 1-лигада ойнаў имканиятына ийе болды. Усы жылдың өзинде «Арал» қызлар командасы күшли тѳртликтен орын алды. Соны да айрықша айтып ѳтиў керек, келеси жылдан баслап Ѳзбекстан чемпионатының 1-лигасында ойнайтуғын командаларымыз саны және биреўге кѳбеймекте. Яғный, ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 3-ноябрьдеги арнаўлы қарары тийкарында 2024-жылдан баслап футбол академиясыныӊ командасы Өзбекстан чемпионатының 1-лигасында қатнасыў имканиятына ийе болмақта. Келеси жылдан баслап Қарақалпақстанның улыўма алты футбол командасы Өзбекстан көлеминдеги лигаларда ойнаў имканиятына ийе болды.
Әлбетте, бул елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен спортты раўажландырыў бойынша алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың әмелий көриниси саналады. Келеси жыл ушын да бир қатар режелер белгилеп алынған болып, бул бағдарда 2024-жылы инвестиция бағдарламасы шенберинде 4 спорт объектинде жәми 52,2 млрд. сумлық қурылыс-оӊлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Соның ишинде, 14,2 млрд. сумлық қаржы есабынан Нөкис қаласында жаӊадан Гүрес орайы қурылады, 19 млрд. сумлық қаржы есабынан “Туран” стадионында реконструкция жумыслары алып барылады, 2,8 млрд. сумлық қаржы есабынан Футбол академиясында, 16,1 млрд. сумлық қаржы есабынан Олимпия ҳәм Паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында реконструкция жумыслары алып барылады.
Буннан тысқары, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен елимизде гимнастика спорт түрин еле де раўажландырыў мақсетинде Нөкис қаласындағы заманагөй гимнастика түрлери бойынша оқыў орайы имаратын заманагөй түрде қурыў ушын 98 млрд. 681 млн. сум қаржы ажыратылды. Соның менен бирге, 2024-жылы Қарақалпақстанда спорт гүреслери бойынша “Нью Узбекистан” ҳалықаралық спорт жарысы, белбеўли гүрес, мас-рестлинг ҳәм аўыр атлетика бойынша Азия чемпионатларының ѳткерилиўи режелестирилмекте. Өткерилген ушырасыў даўамында бир қатар спортшылар ҳәм олардың устазлары ҳәм олардың ата-аналары хошаметленди. Атап айтқанда, Қытайдың Ханчжоу қаласында ѳткерилген 19-жазғы Азия ойынларында Ѳзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақстаннан табыслы қатнасып, 3 алтын ҳәм 4 бронза медалын жеңип алған спортшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды. Соның менен бирге, усы жылдың 4-14-август күнлери Беларуссияның Минск қаласында болып өткен Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы ойынларында мүнәсип қатнасқан спортшылар да хошаметленди.

Усы күнниң өзинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы Президиум қарары менен өзлериниӊ умтылыўшаӊлығы ҳəм шеберлиги менен ажыралып, спорт ойынларында мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды ийелегенлиги ҳәмде елимизде спорт тараўын раўажландырыўдағы пидәкерлиги ушын Абыллаева Шахло, Есбергенов Нурсултан, Есенбаева Феруза, Кайпанов Айбек, Мурзатаева Дилназ, Рахимов Умирбек, Сапарниязов Ажинияз, Сапарбаева Сарбиназ, Саруарова Айсанем «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен, Перзент тәрбиясы ҳәм шаңарақ беккемлигинде де айрықша үлги көрсетип, халық арасында ҳүрмет-иззетке бөленип киятырған, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында саламат ҳәм бәркәмал етип тәрбиялаўға қосқан мүнәсип үлеслери ушын Кеунимжаева Ақтенгениң анасы Бекмуратова Зияда, Дайыбекова Зайнабтың анасы Досекеева Бибихатша, Бердимуратов Жалғасбайдың анасы Жуманиязова Зерихан, Джангабаев Рустамның анасы Зайдуллаева Зулфия, Мурзатаева Дилназдың анасы Худайбергенова Сарбиназ, Пердебаева Гулистанның анасы Машарипова Тамара «Ибратлы ҳаял» кѳкирек белгиси менен сыйлықланды. Өткерилген ушырасыў даўамында студент жаслар менен жақыннан сәўбетлесилип, олардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимиз оларды ҳәр дайым қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети