Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилген Киши ҳәм Жаслар санаат зоналарында өз исбилерменлигин баслаў нийети бар басламашыларға бир қатар жеңилликлер берилген
1667
Соннан:
- киши санаат зонасының бѳлиниў шегарасына шекем коммуникация тармақлары менен тәмийнлеп бериледи;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-август күнги 129-санлы пәрманына тийкар киши ҳәм жаслар санаат зоналарынан алынған жер майданлары ҳәм имаратлар инвестициялық миннетлемелерди орынлаған исбилерменлерге меншиклестирилип бериледи;
- 5 жыл жеңилликли дәўир менен 10 жылға жеңиллетилген кредит бериледи;
- Керекли үскенелерди алып келиўде бажыхана женилликлери қолланылады;
- аукционнан сатып алынған жер майданларына болған тѳлемлерди
24 ай даўамында бѳлип тѳлеў имканияты қолланылады.
Айтып өтиў керек, Нөкис қаласы ҳәм районларда 234,6 гектар жер майданларында 31 киши санаат зоналары шөлкемлестирилген болып, олар 807 лотларға ажыратылған.
Соннан, жер майданы 103,8 га болған 310 лот исбилерменлик субъектлерине ажыратылған. Қалған 72,5 га жер майданындағы 496 лоттан 61,8 га жер майданындағы 447 лот Электрон онлайн-аукционға шығарылып, бүгинги күнде жер майданы 38,6 га болған 223 лот саўдада.
Сондай-ақ, республикамызда улыўма майданы 41,7 гектар болған 17 Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары шөлкемлестирилген болып, олар 484 лотқа ажыратылған.
Соннан, жер майданы 1,82 га болған 24 лот исбилерменлик субъектлерине ажыратылған, қалған 23,9 га жер майданындағы 460 лоттан 20,65 га майдандағы 383 лот электрон онлайн-аукционға шығарылып, бүгинги күнде 12,7 га жер майданындағы 230 лот саўдада.
Өз жойбарын әмелге асырыў нийети бар басламашылар атап өтилген жеңилликлерден пайдаланып, исбилерменлигин баслаўына имканият бар.